Ири санаат кәрханалары қайта тикленетуғын энергиядан пайдаланады
2025-06-24 09:40:00 / Prezentaciyalar

Мәмлекетимиз экономикасын турақлы энергия дәреклери менен тәмийинлеў мақсетинде “жасыл” энергетика жедел раўажландырылмақта. Қысқа дәўирде бул тараўға дерлик 6 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясы кирип келди. Жыллық электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми алдынғы 59 миллиардтан ҳәзирги ўақытта 82 миллиард киловатт саатқа жетти.
2030-жылға барып, елимиз халқы 41 миллионнан, экономика көлеми 200 миллиард доллардан артыўы күтилмекте. Бул, әлбетте, электр энергиясына қосымша талап пайда етеди. Соның ушын қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен иске қосыў илажлары көрилмекте.
Презентацияда усы жылы әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм жақын келешектеги режелер ҳаққында мәлимлеме берилди. Олардан тийкарғы мақсет генерация, модернизация ҳәм энергия нәтийжелилиги болып есапланады.
Атап айтқанда, жылдың ақырына шекем 12 қуяш ҳәм 4 самал электр станциясы, 12 энергияны сақлаў системасы иске қосылады. Оларға улыўма инвестиция көлеми 5 миллиард доллардан аслам болып, дерлик 9 миллиард киловатт-саат қуўатлылыққа ийе болады. Сондай-ақ, усы жылы улыўма баҳасы 7 миллиард 200 миллион долларлық және 11 жойбардың қурылысы басланады.
Энергияны тек ғана ислеп шығарыў емес, ал үнемлеў де жүдә әҳмийетли. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен энергия шығынларын азайтыў, әсиресе, ири санаат кәрханаларында үнемлеўши үскенелер орнатыў ўазыйпасы қойылған.
Елимизде жәми электр тутыныўының үштен бир бөлеги 18 тармаққа туўра келеди. Мәселен, суў хожалығындағы насосларға жылына 6,5 миллиард киловатт саат электр жумсалып атыр.
Сол себепли 12 ири насосты модернизациялап, ҳәр бирине 75-100 мегаваттлы қуяш станциясы ҳәм 50 мегаваттлы сақлаў қурылмасын орнатыў ўазыйпасы белгиленди. Нәтийжеде насослардың электр жумсалыўы жылына 2 миллиард киловатт-саатқа азайып, 4,5 миллиард киловаттқа түседи. Бул жумыслар, бәринен бурын, суў шығарыўдың өзине түсер баҳасы жоқары болған Қаршы магистрал каналынан басланады.
Нефть-газ кәрханаларында да 240 мегаваттлы қуяш станциясы ҳәм 300 мегаваттлы сақлаў қурылмаларын орнатып, кеминде 600 миллион киловатт-саат электр алыў имканияты бар.
Улыўма, мәжилисте электр тутыныўы жоқары 18 тармақты өзин-өзи энергия менен тәмийинлейтуғын системаға өткериў илажлары додаланды. Социаллық мәкемелерде қуяш энергиясынан пайдаланыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берилди.