Нефт-газ тараўындағы жойбарлар ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бойынша мәлимлеме берилди
2025-07-22 09:30:00 / Prezentaciyalar

Мәмлекетимизде өсип баратырған талапқа муўапық енергетика избе-из раўажландырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының сырт елге сапарлары ҳәм олар шеңберинде өткен бизнес форумлар нәтийжесинде көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, Әзербайжанның "Соцар" компаниясы менен Үстирттеги кәнлерде излеў өткерип, нефть қазып алыў бойынша келисимге ерисилген. Биргеликте перспективалы майданларда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў режелестирилген.
Сондай-ақ, басқа да сырт мәмлекетлер менен қурамалы кәнлерди өзлестириў, тараўды санластырыў, талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў сыяқлы әҳмиетли бағдарларда бирге ислесилмекте.
Презентацияда жуўапкерлер шерикликтеги жумыслардың барысы ҳәм гезектеги режелер бойынша мәлимлеме берди.
Президентимиз перспективалы майданлар бойынша анық жойбарларды қәлиплестириў, геологиялық-излеў жумысларынан таяр өним алыўға шекемги толық шынжырды жолға қойыў бойынша көрсетпелер берди.
Соның менен бирге, әмелдеги сырт ел ҳәм қоспа кәрханаларда жаңа бураўлаў усылларын қолланыў, қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў арқалы нефть ҳәм газ көлемин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте гүзги-қысқы мәўсимге таярлық мәселелери де көрип шығылды. Жуўапкерлер бул ушын жетерли энергия ислеп шығарыў, газ қоймаханаларында топлаў ҳәм тең салмақлы жеткерип бериў илажлары көрилип атырғаны ҳаққында мәлимлеме берди.
Атап айтқанда, Таллымаржан ыссылық электр станциясында 1 мың 65 мегаваттлы еки пуў-газ қурылмасы, Сырдәряда 1 мың 573 мегаваттлы ыссылық электр станциясы қурылмақта. Олардың жәми қуўатлылығы жылына 20 миллиард киловатт-саат болады.
Сондай-ақ, быйыл Ташкент, Наманган, Қашқадәря ҳәм Сурхандәря ўәлаятларында жәми 162 мегаваттлы жаңа гидроелектр станциялары иске қосылады. Оларда жылына 648 миллион киловатт-саат электр ислеп шығарылады. Булар, бәринен бурын, халқымыздың талабы ҳәм өсип баратырған экономика ушын қосымша күш болады.
Ҳәзирги ўақытта тийисли тармақ ҳәм подстанцияларды оңлаў жумыслары да басланған. Ыссылық станцияларының турақлы ислеўи ушын зәрүр жанылғы, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер резервлери қәлиплестирилмекте.
Мәжилисте тараў инфраструктурасын избе-из модернизациялап, энергия жеткерип бериўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.