Әскерий билимлендириў системасы бойынша мәлимлеме берилди
2025-07-30 12:20:00 / Prezentaciyalar

Бул ҳаққында усы жыл 21-февраль күни болып өткен Қәўипсизлик кеңесиниң мәжилисинде тапсырма берилген еди. Соған муўапық, 20 дан аслам сырт мәмлекеттиң тараўға байланыслы алдынғы тәжирийбелери үйренилип, әскерий билимлендириўди реформалаў бойынша жаңа миллий модель ислеп шығылды.
Усынысқа бола, Қураллы Күшлер академиясы реформаланып, оның негизинде Өзбекстан Республикасы әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылмақта. Қорғаныў министрлигиниң барлық әскерий билимлендириў мәкемелери – 5 институт, Сержантлар таярлаў жоқары мектеби ҳәм Авиация ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратлары қәнигелерин таярлаў орайы институт статусында усы университеттиң қурамына өткериледи. Бул орайласқан вертикал системаны пайда етип, әскерлердиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў, дуал билимлендириўди кеңейтиў, илимий изертлеўлерди әмелиятқа енгизиўге хызмет етеди.
Мәселен, Сержантлар таярлаў жоқары мектебинде армияның тийкарғы таянышы болған сержантларды оқытыў, оларда жетекшилик қәбилетин қәлиплестириў, заманагөй қураллар ҳәм жаңа тактикалық усыллар бойынша көнликпелерин арттырыўдың жаңа системасы енгизиледи.
Жаңалықлардан және бири – тар шеңбердеги қәнигеликлер бойынша “2+2” тәртиби жолға қойылатуғыны болып есапланады. Яғный, психолог, байланысшы, тәмийнатшы, қоймаханашы сыяқлы 18 түрли тараў қәнигелери басқа жоқары билимлендириў мәкемелериниң 2-басқыш студентлери арасынан таңлап алынады.
Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде, жаңа оқыў жылынан баслап, питкериўши басқыш курсантлары ушын таңлаў тийкарында “Жоқары Бас Сәркарда” мәмлекетлик стипендиясы енгизиледи. Бул стипендия ийеси бакалавриатты тамамлағаннан соң 5 жыл даўамында жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына имтиханларсыз қабыл етиледи.
Және бир итибарлы тәрепи, ендигиден былай жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң 36 билимлендириў бағдарының питкериўшилери бир ўақыттың өзинде еки диплом – пуқаралық ҳәм әскерий кәсипке мөлшерленген қәнигелик ийеси болады. Бул оларға әскерий хызметтен кейин де белсене ислеў имканиятын береди.
Бул реформаларға сәйкес әскерий педагогларды таңлап алыўға да талап күшейеди. Соның ишинде, әскерий педагогларды жетекши сырт мәмлекетлерде оқытыў системасы жолға қойылады.
Презентацияда бул усыныслар мақулланды ҳәм оларды әмелиятқа нәтийжели енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.