Бахтиёр Саидов Қырғызстан Президентиниң қабыллаўында болды
2025-08-01 08:00:00 / Jańalıqlar

– Мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм туўысқанлық қатнасықлары мисли көрилмеген пәтлер менен раўажланып, турақлы раўажланыў ушын ең қолайлы шараятларды жаратпақта, – деп жазды министримиз өзиниң социаллық тармақтағы бетинде. – Мәмлекетлеримиз басшыларының тынымсыз ҳәрекетлери себепли, еки мәмлекет арасында ҳеш қандай шешилмеген мәселе қалмады.
Министрдиң атап өткениндей, күн тәртибинде додаланған мәселелер көлеми кең болып, барлық бағдарларды қамтып алған. Оған бола, инфраструктурадан баслап, гуманитарлық тараўларға шекемги биргеликтеги жойбарлар тек ғана еки мәмлекеттиң мәплерине хызмет етип қоймастан, ал пүткил регионның ҳәм оннан тысқары аймақлардың раўажланыўына да үлес қоспақта.
– Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Сыртқы ислер министрликлери барлық ерисилген келисимлердиң толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў жолында тығыз бирге ислесиўди даўам еттиреди,-деди Б.Саидов.