Питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа көзқараслар белгиленди
2025-08-09 07:50:00 / Májilisler

Соңғы жети жылда қабыллаў 4,5 есеге артып, жаслардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўы 42 процентке жеткен болса да, кадрлар таярлаў системасы реал талапты қанаатландырмайды.
Мысалы, Жиззақтағы “BYD” заводында 100 вакант бар. Соның төрттен бири – робототехника ҳәм бояў, роботларды программаластырыў инженерлери. Завод толық қуўатлылыққа өтсе, маман кадрларға талап және де артады.
Жоқары билимлендириўде оқытылып атырған кадрлар менен жумыс бериўшилердиң талабы арасында айырмашылық үлкен. Ақыбетинде кәрханалар шеттен таяр қәниге тартыўға мәжбүр болмақта. Ҳәр бир студентти жоқары оқыў орнында оқытып, қәниге етип таярлаў ушын мәмлекет жылына 25-30 миллион сум жумсамақта. Бирақ, төрт жыл өмирин сарыплап, диплом алған жаслардың ярымынан көбиси әпиўайы жумыслар менен бәнт.
Соңғы жыллары 40 жоқары оқыў орнына қаржылай еркинлик берилгени нәтийжесинде экономика, ҳуқықтаныў, медицина, шет тиллери ҳәм педагогика бағдарындағы мәкемелердиң өз қаржысы пайда болды. Бирақ аўыл хожалығы, ветеринария, инженерлик, анық ҳәм тәбийғый пәнлер бағдарлары жаслар ушын тартымлы емес.
Тармақлар менен байланыслылықты арттырыў мақсетинде 25 инженерлик билим дәргайы бирге ислесиўши кәрханаларда 438 кафедра ашты. Мәселен, нефть-газ тармағы билимлендириў-өндирис кластерлерин шөлкемлестирген. Усындай әмелият нәтийжесинде Бухара техника университетиниң 2 мыңнан аслам питкериўшиси өз қәнигелиги бойынша жумысқа жайластырылды. Илимий изертлеўди коммерцияластырыў 10 есеге артқан.
Жақын жылларда мәмлекетимизде 83 миллиард долларлық ири жойбарлар иске қосылыўы режелестирилген. Олардың есабынан санааттың өзинде 500 мыңға шамалас қәнигеге талап пайда болады.
Мысалы, Бухара ўәлаятында ири газ-химия комплекси қурылмақта. Сыр ел компаниялары менен биргеликте Үстиртте үлкен жойбарлар басланбақта.
Булардың барлығы жоқары билимлендириўди тараўлардың талабы дәрежесине көтериў, кадрлар таярлаўдың сапасын ҳәм жаслардың бәнтликке қамтып алыныўын жедел арттырыўды талап етеди.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы жаңа басламаларды мәлим етти.
Енди баҳасы 1 миллион доллардан, жумысшылардың саны 50 ден көп болған жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарында тараўлар ҳәм бағдарлар кесиминде қәнигелерге талап көрсетиледи. Бул арқалы жуўапкер министр ҳәм тармақ басшысы жоқары оқыў орнына буйыртпа жайластырып, кадрларды мақсетли таярлаўды жолға қояды.
Онда ректорлар буйыртпа тийкарында оқып атырған студентлер ушын тийкарғы пәнлерден тысқары, қосымша билимлендириў модульларын енгизеди. Оларды оқыған студентлерге кредит баллары бериледи.
Студентлердиң билимин екинши курстан кейин оларды жумысқа алмақшы болған инвесторлардың қатнасыўында жыллық баҳаланады. Питкериўши диплом жумысын жойбарда қойылған мәселелерден келип шығып, қорғайды. Бир сөз бенен айтқанда, инвестор талабына сай питкериўшилер кепилликли жумысқа алынатуғын болады.
Мийнет қатнасықларында жеке-меншик сектор ушын пайдалы система жаратылмақта. Енди питкериўшини жумысқа алғаны ушын исбилерменлик рейтингинде қосымша балл бериледи. Жоқары оқыў орны оларды бос орын бар кәрханаға бағдарлайды.
Мәжилисте ректорлардың ўәкиллиги ҳәм жуўапкершилигин арттырыў мәселеси көрип шығылды. Усы мақсетте Жаңа Өзбекстан университетиниң баҳалаў системасы басқа мәкемелерде де жолға қойылатуғыны белгиленди.
Онда жоқары оқыў орнына питкериўшилердиң бәнтлигине қарап 40 балл, илимий изертлеўлер ушын тармақ буйыртпасы ҳәм өнимин сатыўына қарап 30 балл, илимий потенциалы ҳәм тән алынған халықаралық журналлардағы мақалалары ушын 20 балл, тартылған жергиликли ҳәм сырт ел гранты ушын 10 баллға шекем бериледи. Усы балларға қарап, қаржыландырыў системасы енгизиледи.
Жаңа Өзбекстан университетинде “Ректорлар мектеби” бағдарламасы арқалы ректор ҳәм проректорлыққа талабанлар мақсетли таярланады.
Енди барлық жоқары оқыў орынлары шөлкемлестириў ҳәм академиялық жақтан еркин болады. Соның ишинде, ректор орынбасарларын өзи тайынлайды, белгиленген муғдар шеңберинде профессор-оқытыўшылар ҳәм басқарыў хызметкерлерин бөлистиреди. Сондай-ақ, ректорларға “супер контракт” муғдарын дифференцияласқан ҳалда белгилеў ўәкиллиги бериледи.
Жуўапкерлерге бул жаңалықларды әдил ҳәм системалы жолға қойыў тапсырылды.
Мәмлекетимиз басшысы және бир әҳмийетли басламаны алға қойды.
Бизге белгили, ҳүжжет тапсырыўда абитуриентлер 5 ке шекем жоқары оқыў орнын таңлап атыр. Бул жаслар ушын жүдә үлкен имканият болды.
Енди бул және де кеңейтиледи. Абитуриентлер таңлаўдан биреўине кире алмаған болса, бирақ балы басқа жоқары оқыў орнындағы толмаған бағдарға туўра келсе, оларды шәртнама тийкарында қабыл етиўи мүмкин болады.
Мәжилисте жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, быйылғы 92 мың питкериўшиниң кейинги жумысында жәрдемлесиў илажлары белгиленди.
Атап өтилгениндей, олардан 20 мыңы магистратура ҳәм екинши қәнигелик пенен қамтып алынады. Және 20 мыңы Бәнтлик министрлиги арқалы стаж талап етпейтуғын жумысларға жайластырылады.
Ҳәр бир ўәлаятта “бизнес инкубатор”лар шөлкемлестирип, исбилерменлик, маркетинг, дизайн, мәлимлеме технологиялары тараўларында 10 мың питкериўшини бәнт етиў мүмкин екенлиги айтылды.
Сондай-ақ, химия, энергетика, геология, автосанаат, металлургия, тоқымашылық, электротехника, қурылыс, транспорт, логистика сыяқлы экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўларда жасларды жумыс пенен тәмийинлеў имканиятлары көрсетип өтилди.
Коммерциялық банклер арқалы 20 мың питкериўшиниң бизнес баслаўына жәрдемлесиў режелестирилген. Атап айтқанда, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын Миллий банк ҳәм Алоқа банкке быйыл 300 миллион доллар ажыратылған.
Банклер бул жеңиллетилген кредит ресурсының бир бөлегин питкериўшилерди жумысқа алған кәрханаларға да бериў басламасын билдирди. Енди бундай исбилерменлерге 5 миллиард сумға шекем 18 процентлик кредит бериледи. Бул жаңа система тек ғана быйылғы емес, ал оқыўды питкергенине 3 жыл болмаған питкериўшилер ушын да енгизиледи.
Жәмлеспеген жасларды айрықша итибарға алып, пайдалы оқыўларға бағдарлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Оларды кәсип ҳәм тил үйрениў дөгереклерине, спорт жарысларына, әскерий-ўатансүйиўшилик илажларына тартыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тараў жуўапкерлери, ректорлар ҳәм исбилерменлердиң пикирлери тыңланды.