Энергия тәмийнатын жақсылаў режелери бойынша мағлыўмат берилди
2025-08-09 07:55:00 / Prezentaciyalar

Пайтахтымызда халықтың саны да, қурылыс көлеми де артып бармақта. Бир жыл ишинде 12 мың жаңа қуўатлылық, саўда ҳәм сервис комплекслери иске қосылды. Адамлардың турмыс тәризи жақсыланып, турмыслық техникалардан пайдаланыў көбеймекте.
Булардың барлығы энергияға талапты арттырады. Соны есапқа алып, соңғы еки жылда Ташкентте электр тәмийнатын жақсылаў ушын 2 триллион 800 миллиард сум қаратылған. 36 подстанция, 665 трансформатор, 2 мың километрден аслам тармақ жаңаланған.
Бирақ еле исленетуғын жумыслар көп. 46 подстанция ҳәм 207 трансформатор артықша жүклеме менен ислемекте. Жыл басынан берли пайтахтымызда электрден пайдаланыўшылар және 40 мыңға көбейген, талап 6 процентке өскен.
Соның менен бирге, алдын жазғы ыссы күнлердиң даўамлылығы бир ҳәптеден аспаған болса, быйыл 20 күнге шекем созылды. Ақыбетинде июль айында Ташкент қаласында тутыныў муғдары 900 миллион киловатт-сааттан артқан.
Бул факторлар модернизация процесслерин избе-из даўам еттириўди талап етеди. Презентацияда энергетика министри пайтахтымыздағы ҳәр бир район ҳәм мәҳәллелер кесиминде режелерди билдирди.
Оған бола, усы жылы биринши басқышта 374 километр тармақ, 11 подстанция, 62 трансформаторды жаңалаў нәзерде тутылған. Келеси жылы және 788 километр тармақ, 35 подстанция ҳәм 145 трансформатор модернизацияланады. Соның ишинде, мәҳәллелердеги трансформатор ҳәм тармақлар оңланып, жаңалары орнатылады.
Президентимиз гүзги-қысқы мәўсимге аз ўақыт қалғанына итибар қаратып, быйылғы режени 1-ноябрьге шекем жуўмақлаў зәрүрлигин атап өтти.
Соңғы жыллары барлық аймақларда генерация көбейтилип барылмақта. Соның менен бирге, санаат кәрханаларын альтернатив энергия системасына өткериў илажлары көрилмекте. Атап айтқанда, 2027-жылға шекем ири кәрханалар ҳәм туризм орынларында 752 мегаваттлы қуяш станциясы және 812 мегаваттлы сақлаў қуўатлықларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Жуўапкерлер атом энергетикасы бағдарындағы жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берди.
Бизге белгили, елимизде киши қуўатлылықтағы атом электр станциясын қурыў бойынша жумыс алып барылмақта. Болажақ станцияның ҳәр бир басқышы – жойбарластырыўдан баслап жуўмақланғанына шекем Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң қатаң қадағалаўы астында болады, ең алдынғы қәўипсизлик талаплары енгизиледи.
Президентимиз режелестирилген обектлерди сапа ҳәм мүддетке әмел еткен ҳалда иске қосып, турақлы энергия қуўатлықларын жаратыў бойынша көрсетпелер берди. Министрлер Кабинетине энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселесин ҳәр ҳәптеде додалап барыў тапсырылды