Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине
2025-06-27 09:55:00 / Анонслар

Қәдирли ўатанласлар!
Бәринен бурын, Жаңа Өзбекстанның жаңаланып атырған баспасөзинде, телерадиоканалларда, интернет басылымларында, баспа ҳәм полиграфия кәрханаларында, мәлимлеме хызметлери ҳәм платформаларында өз ўазыйпасын шын кеўилден аткарып киятырған сиз, ҳүрметли журналистлер, ҳүрметли ветеранларды, барлық дөретиўшилик ҳәм техникалық хызметкерлерди бүгинги кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлайман.
Глобал жәмийетлик-сиясий процесслер шексиз тезлик пенен өзгерип атырған ҳәзирги оғада қурамалы ҳәм тыныш емес дүньяда ғалаба хабар қуралларының орны ҳәм тәсири ҳәр қашанғыдан да күшли әҳмийетке ийе екенин сезип турмыз.
Бул қутлы әййямда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған тарийхый ислерге өзиниң қәбилети, профессионаллық шеберлиги менен мүнәсип үлес қосып киятырған ғалаба хабар қуралларының барлық хызметкерлерине халқымыз атынан жоқары ҳүрмет ҳәм жақсы тилеклер билдириў мен ушын үлкен мақтаныш.
Әзиз дослар!
Белгили жадид бабамыз Ҳажы Муин айтқанындай, “Баспасөз тарийхы – Ояныў дәўири тарийхының бир бөлеги болып есапланады.”
Биз кейинги жыллары, уллы бабаларымыз баслап берген ибратлы дәстүрлеримизди даўам еттирип, демократиялық жәмийеттиң әҳмийетли шәрти ҳәм принципи болған ғалаба хабар қуралларын избе-из раўажландырыўға тийкарғы итибар қаратпақтамыз.
Мине, усындай қатнас себепли медиа мәканымызға алдынғы жойбарлар ҳәм технологиялар, жаңаша мүлк қатнасықлары жедел кирип келмекте. Республикамызда жумыс алып барып атырған 2 мың 400 ге шамалас ғалаба хабар қуралларының 65 проценти мәмлекетлик емес сектордың үлесине туўра келип атырғаны, жеке меншик басылымлар, телерадиоканаллар, интернет ресурслары барған сайын артып, олардан пайдаланыўшылардың саны 14,7 миллионнан 32,7 миллионға жеткени, мәлимлеме контентлерин жаратыўшылардың қатары кеңейип атырғаны, әлбетте, мәмлекетимиздиң медиа тараўындағы потенциалын арттырыўға хызмет етпекте.
Әсиресе, миллий медиаконтентти раўажландырыў жолында жас дөретиўшилер, бийғәрез студия ҳәм продюсерлик орайларының жумысы қоллап-қуўатланып атырғаны виртуал мәканда жоқары сапалы, бәсекиге шыдамлы жойбарлар пайда болыўы ушын тийкар жаратпақта.
Мәмлекетимизде пуқаралардың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын, баспасөз ҳәм сөз еркинлигиниң нызамлы орынланыўын тәмийинлеў бойынша сезилерли жумыслар әмелге асырылмақта. Биз келешегимиз ийелери болған перзентлеримизди бәркамал етип тәрбиялаў менен бирге, оларды зыянлы мәлимлемеден қорғаўға да айрықша итибар бермектемиз. Бул бағдарда 2030-жылға шекем балалар ушын мөлшерленген миллий контентлер, соның ишинде, баспа өнимлери пайда салығынан азат етилип, социаллық салық 1 процент муғдарында белгиленгени, қосымша қун салығын қайтарыў тәртибиниң енгизилгени әҳмийетли қәдем болды.
Мине усы, өзгерислердиң даўамы сыпатында жақында Балалар контентин раўажландырыў орайын шөлкемлестирдик. Бул орай жас әўладымызды миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, оларды жақсылыққа ҳәм ағартыўшылыққа ийтермелеў бойынша әмелий ҳәрекетлерди баслап жибергени, әлбетте, итибарға ылайық.
Бул ҳаққында айтқанымызда, онлайн-платформа ҳәм веб-сайтлардың пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызам жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылғанын да атап өтиўимиз керек.
Ҳәзирги ўақытта жасалма интеллект технологияларының тез пәт пенен раўажланып атырғаны журналистика ушын үлкен имканиятлар ашыў менен бирге, бул бағдардағы жумысларымызды заман талапларына сәйкес түрде жолға қойыўды талап етпекте.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде өз кәсибин, ана тили менен бирге шет тиллерин, IT технологияларын пуқта ийелеген, жанкүйер ҳәм ўатансүйиўши жаңа журналистлер әўлады жетилисип киятырғаны бәршемизди қуўандырады.
Ҳәзирги ўақытта ғалаба хабар қуралларында қалыслық ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, прфессионал билим ҳәм шеберлигин арттырып барыў, мәлимлеме тарқатыўдың заманагөй усылларын өзлестириў, халық арасында мәлимлеме, бәсеки ҳәм сөйлесиў мәдениятын қәлиплестириў, жәмийетимиздеги түрли иллетлер, коррупция бәлесине қарсы гүресиў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар бойынша еле көп жумыс ислеўимиз керек.
Қәдирли ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери!
Мәмлекетимиз журналистлери ҳәм дөретиўшилик топарлары тәрепинен билдирилген усынысларды инабатқа алып, быйыл “Алтын қәлем” миллий сыйлығы биринши мәрте 27-июньде – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнинде тапсырылмақта.
Пурсаттан пайдаланып, бүгин сизлердиң қатнасыўыңызда салтанатлы түрде сыйлықланатуғын барлық таңлаў жеңимпазларын ҳәм жоқары мәмлекетлик сыйлықларға ерискен тараў хызметкерлерин қызғын қутлықлайман.
Сизлердиң ҳәр бириңиз келешекте өз тәжирийбе ҳәм шеберлик мектебин жаратып, миллий журналистикамыздың раўажланыўына және де үлкен үлес қосасыз, деп исенемен.
Ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң машақатлы мийнетин қәдирлеў, дөретиўшилик жәмәәтлерди қоллап-қуўатлаў, тараўдың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў буннан былай да Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып қалатуғыны сөзсиз.
Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, кеўлимдеги ең жақсы тилеклеримди билдиремен.
Бәрқулла аман болың, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы мийнетиңизден берекет табың, әзизлер!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти