Өзбекстан ҳәм Қазақстан спорт тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықпақта
2025-07-04 09:05:00 / Jańalıqlar

Сапар даўамында рәсмийлер туўысқан мәмлекет пенен спорт тараўындағы байланысларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде бир қатар ушырасыўлар өткермекте.
Бүгин Қазақстан Туризм ҳәм спорт министри Ербол Мирзабосинов, Қазақстан Миллий Олимпиада комитетиниң Президенти - белгили боксшы Геннадий Головкин ҳәм Паралимпия комитетиниң Президенти Қайрат Боранбаев пенен ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекет спорт тараўында өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў, соның ишинде, сайланды командалар ушын қоспа оқыў-шынығыў жыйынларын шөлкемлестириў, ири жарысларға таярлықты биргеликте алып барыў, қәбилетли жасларды селекциялаў ҳәм инфраструктураны раўажландырыўда өз-ара тәжирийбе алмасыў сыяқлы мәселелер додаланды.
Бул сапар етиў еки мәмлекеттиң спорт байланысларын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етиўи күтилмекте.