Әндижандағы жаңа жойбарлар таныстырылды
2025-07-29 09:25:00 / Prezentaciyalar

Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл 18-ноябрьдеги қарары менен Әндижан ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў және инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў илажлары белгиленген еди. Соның ишинде, усы жылы 3,1 миллиард доллар инвестиция алып келиў, 1,5 миллиард доллар экспорт етиў, 305 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеў, 32 мыңнан аслам шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў нәзерде тутылған.
Ўәлаятта жыл басынан берли 1 миллиард долларлық жаңа қуўатлықлар, 344 саўда ҳәм сервис комплекси иске қосылған. Және 2,5 миллиард долларлық жойбарлар басланған. Өткен 6 айда 850 миллион доллар инвестиция тартылып, экспорт 465 миллион долларды қураған.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл апрельде ўәлаятқа сапары ҳәм онда белгиленген ўазыйпалар аймақтың раўажланыўына қосымша түртки болды. Жақында илимий экспертлер, белсенди исбилерменлердиң қатнасыўында “Реформалар штабы” дүзилди. Олар тәрепинен экономикалық-социаллық тараўларға байланыслы жаңа усыныслар ислеп шығылған.
Презентацияда жуўапкерлер олардың тийкарлары ҳәм нәтийжелилиги бойынша мәлимлеме берди.
Мәселен, 40 миллион доллар инвестиция есабынан Германия, Түркия ҳәм Япониядан робот-технология алып келип, инновациялық клиника қурыў режелестирилген. Ямаса, елшилердиң жәрдеминде агрокластер шөлкемлестириўге Италиядан 20 миллион евро, заманагөй агрологистика комплексин қурыўға Германиядан 25 миллион евро тартылыўы мөлшерленген. Ханабад қаласы, Хожаабад ҳәм Булақбашыда туристлик орынлар шөлкемлестириў бойынша 30 дан аслам басламалар билдирилген.
Улыўма айтқанда, 1 миллиард 100 миллион долларлық қосымша жойбарлар қәлиплестирилген. Олардың нәтийжесинде 22 мың жумыс орны, қосымша 200 миллион долларлық экспорт имканияты ашылады.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттағы ҳәр бир қала ҳәм районға айрықша қатнас жасап, жаңаша ислеў, жаңа жойбарларды инвестициясы аз аймақларға жайластырыў зәрүрлигин атап өтти. Жумыссыз ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды оқытып, жумысқа жайластырыў, мәҳәллелерди жынаятшылықтан жырақ аймаққа айландырыў бойынша көрсетпелер берилди.