Транспорт тараўындағы ири жойбарлар бойынша мәлимлеме берилди
2025-08-02 09:40:00 / Prezentaciyalar

Економика раўажланып, турмыс тезлесиўи менен транспорт байланысларына талап та артып барады. Ташкент қаласына авиажолаўшылар ағымы 2030-жылы 15 миллионға жетиўи күтилмекте. Бирақ буған ҳәзирги аеропорттың қуўатлылығы жетпейди. Қаланың ишинде жайласқаны себепли оны кеңейтиў имканияты да жоқ.
Сол себепли Ташкент ўәлаятында жаңа халықаралық аеропорт қурыў режелестирилген. Бүгинги күнде жеке меншик шериклик бойынша сырт ел компанияларының усыныслары көрип шығылмақта.
Презентацияда жуўапкерлер бул ири жойбардың барлық тәреплери бойынша мәлимлеме берди.
Кейинги жыллары жол хожалығына да үлкен қаржы ажыратылып, жаңа имаратлар қурылмақта. Автотранспортлардың ҳәрекетлениўине қолайлық жаратыў мақсетинде альтернатив жоллардың қурылысы да жойбарластырылмақта. Бул бағдарда инвесторларға тартымлы орталық жаратыў ушын "Автомобил жоллары ҳаққында"ғы нызам жаңа редакцияда ислеп шығылды.
Усыларға тийкарланып, Ташкент пенен Самарқанд арасында альтернатив тез жүрер жол қурыў жойбарына бир неше бирге ислесиўши мәмлекетлердиң компаниялары қызығыўшылық билдирген.
Жуўапкерлер олар менен өткерилген сөйлесиўлердиң нәтийжелери ҳәм усыныслары ҳаққында есабат берди.
Мәмлекетимиз басшысы бул стратегиялық инфраструктураларды пуқта ойлап жойбарластырыў ҳәм тезирек әмелий басқышқа өтиў зәрүр екенлигин атап өтти.