Жасырын экономиканы қысқартыў бойынша усыныслар көрип шығылды
2025-08-12 09:25:00 / Prezentaciyalar

Бурын бизнеске жоқары ҳәкимшилик басым ҳәм араласыў болғаны себепли көпшилик ашық-айдын ислеўден қорқатуғын еди. Соңғы жылларда салық жүгин азайтыў, бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Салық түрлери 13 тен 9 ға азайды, 100 ден аслам түрдеги лицензия ҳәм руқсатнама бийкар етилди.
Нәтийжеде, бақланбай атырған экономика үлеси 2019-жылдағы 45-50 проценттен ҳәзирги ўақытта 35 процентке түсти. Бирақ еле буны және де азайтыў зәрүр.
Презентацияда бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды. Жуўапкерлер жасырын экономикаға себеп болып атырған факторлар ҳәм оларды сапластырыў илажлары бойынша мәлимлеме берди.
Онда ең нәтийжели жол алдыңғы технологиялар тийкарында жаңаша қатнасларды енгизиў екени атап өтилди. Мәселен, Ташкент қаласында жәмийетлик транспорт толық автоматластырылған төлемге өткерилгени жолаўшылар саны негизинде 30 процентке көп екенин көрсетти. Ямаса санластырылған дийқан ҳәм буйым базарларында түсим 2-3 есеге артып атыр.
Бундай системаны аўыл хожалығы, қурылыс, транспорт, саўда ҳәм хызметлер сыяқлы жасырын экономиканың үлеси жоқары болған тараўларда да енгизиў бойынша көрсетпелер берилди. Лицензия ҳәм руқсатнама бериў процесслери ҳәм мүддетлерин қайта көрип шығып, инсан факторын кескин қысқартыў ҳәм барлық қәдемлерди толық санластырыў ўазыйпасы қойылды. Исбилерменлер көп дус келетуғын салық, банк, бажыхана, коммунал, сертификатлаў сыяқлы тараўларда коррупцияға жол ашып атырған факторларға шек қойыў зәрүр екенлиги айтылды.
Электрон төлемлердиң раўажланғаны халыққа кеңнен қолайлық жаратпақта. Бул жасырын экономиканы қысқартыўда да қолайлы қурал болып табылады. Буның ушын нақ пулсыз есап-санақларды хошаметлеў, төлем системасы операторларын көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.