Тоқымашылық тараўындағы қосымша имканият ҳәм ўазыйпалар көрсетип өтилди
2025-08-14 08:35:00 / Májilisler

Тоқымашылық мәмлекетимиз экономикасы көлеминиң 3 процентин, санааттың 14 процентин жаратып атырған ири тармақ болып есапланады. Бул бағдарда 500 мыңнан аслам адам жумыс пенен бәнт. Өндирис көлеми 10 миллиард долларға жетти.
Бирақ дүнья базарындағы өзгериўшең жағдай, талап ҳәм баҳаның төменлеўи тараўды қоллап-қуўатлаў бойынша оператив илажлар көриўди көрсетпекте.
Соңғы үш жылда дүньяда пахтаның баҳасы тоннасына орташа 3 мың доллардан 1,5 мың долларға түсти. Оған бейимлесиў ушын 2022-2023-жыллар ушын пахта шийки затына берилген жеңилликли кредит 3 мәрте созылды, өткен жылы ҳәр бир тоннаға 1 миллион сумнан субсидия берилди.
Көплеген тоқымашылық кәрханаларының коммерциялық кредитинен қарыздарылығы бар. Тек 16 процент кәрхана халықаралық сертификатқа ийе. Ақыбетинде олардың сыртқы базарда бәсекилесиўи қыйын болмақта.
Өзбекстанға “пахта бойкоты” бийкар етилгенине бираз болды. Сондай-ақ, мәмлекетимиз Европаға бажысыз экспорт етиў имканиятын беретуғын “GSP+” жеңилликлер системасына қосылған. Бирақ, брендлер менен бирге ислесиў ҳәм экспорт көлеми оған жараса емес.
Тараўдағы усындай машқалаларды үйрениў ушын, Президент тапсырмасына бола, 200 ден аслам исбилерменлер менен сөйлесилди. Мәжилисте олардың таллаўынан келип шығып, жаңа имканият ҳәм ўазыйпалар белгиленди.
Бәринен бурын, қаржылай саламатландырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыў мәселерине итибар қаратылды.
Быйыл кластерлердиң 2022-2023-жыллардың өними ушын кредиттен қарыздарлығы гиреў қойыў шәрти менен бес жылға шекем созылған еди. Енди, 1 –августтан гиреўи тайын кластерлер тек тийкарғы қарызды төлейди. Аўыл хожалығы қоры ҳәм банклерге есапланатуғын процентлер болса тийкарғы қарыз толық қапланғаннан кейин өндириледи. Егер кластерлер ҳәм тийкарғы қарыз, ҳәм процентин өз ўақтында төлесе, проценттиң қорға кететуғын бөлегиниң ярымы исбилерменге қайтарылады.
Сондай-ақ, кластерлерге 2022-2023-жыллардың өними ушын берилген кредит бойынша 1-август жағдайына пайда болған 377 миллиард сумлық пенядан ўаз кешиледи. Коммерциялық кредитинен миннетлемеси болған 144 кәрхананы қаржылай саламатландырыўға жәрдем бериледи.
Усы жылғы пахта өнимин өз ўақтында терип алыў ушын фермерлерге тоннасына 1 миллион сумнан субсидия бериледи. Кәрханалар өз қаржысы есебынан пахта жетистирсе ямаса сатып алса, шийки зат баҳасының 10 проценти қаплап бериледи.
Тоқымашылық шынжырындағы барлық кәрханаларға социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгиленеди. Онда социаллық реестр бойынша талап бийкар етиледи, улыўма жумыста тоқымашылық үлесине талап болса 90 проценттен 70 ке түсириледи.
Өз хызметкерлериниң перзентлери ушын бақша шөлкемлестирген кәрханаларға, жеке меншик бақшалардағы сыяқлы, ҳәр бир тәрбияланыўшыға субсидия ажыратылады.
Ийирилген жиптиң өзине түсер баҳасына электр энергиясының баҳасы да тәсир етпекте. Сонлықтан енди кәрханаларға өз мүтәжлиги ушын орнатылған қуяш панеллерин тармаққа қосыўға руқсат бериледи.
Бундай имканиятлар жумысты раўажландырыў ушын сүйениш болады. Өзинде талшықты қайта ислеў қуўатлылығы жоқ кластерлер жип ийириў кәрханалары менен нәтийжели кооперация системасын жолға қойыў зәрүр. Болмаса, кейинги жылдан олардың кластер статусы бийкар етиледи ҳәм пахта өними ушын жеңилликли кредит берилмейди.
Ҳүкиметке бундай кластерлер ушын тартымлы қаржылай илажлар енгизиў тапсырылды.
Мәжилисте өндирис ҳәм экспортты арттырыў мәселелери де ҳәр тәреплеме талланды.
Елимизде таярланып атырған ийирилген жип ҳәм гезлемениң баҳасы бәсекилеслерге салыстырғанда орташа 10-15 процент жоқары, себеби өнимлеримиз қурамының 90 проценти пахта. Дүньяда болса жасалма талшық ҳәм аралас гезлеме көп қолланылады.
Кәрханаларымызды арзан шийки зат пенен тәмийинлеў мақсетинде 2028-жыл 1-январьға шекем аралас гезлемени бажыхана бажысынан азат етиў белгиленди.
Бир неше бояў кәрханалары бирлесип, суў тазалаў имаратын қурмақшы болса, қәрежетиниң бир бөлеги Саўданы раўажландырыў компаниясынан қаплап бериледи.
Экспорт етиўши кәрханаларға районларда филиал ашыў ушын Саўданы раўажландырыў компаниясынан бес жыл мүддетке 10 миллиард сумға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында кредит ажыратылады. Сырт елли дизайнер, технолог, конструктор ҳәм маркетологлардың айлық мийнет ҳақысы қаплап бериледи. Тек ғана 200 жумыс орнын ашыў ҳәм мүнәсип мийнет ҳақы төлеў шәрт.
Дүнья базарларына шығыўда ең әҳмийетли мәселе – сапа ҳәм стандарт. Сонлықтан Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигине тоқымашылық кәрханаларының халықаралық сертификат алыўына жәрдемлесип, олардың санын 300 ге жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Европа ҳәм АҚШ базарына таяр кийим-кеншек экспортын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, Америкада жылына дерлик 100 миллиард долларлық тоқымашылық базары бар. Өнимди талапқа бейимлестириў арқалы ғана онда орын ийелеў мүмкин. Усы мақсетте Нью-Йорк ҳәм Сент-Луис қалаларында саўда үйлерин ашыў бойынша көрсетпе берилди.
Сыртқы ислер министрлиги ҳәм елшилерге ири брендлер менен бирге ислесиў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыў, оларды Ташкентте болатуғын ири көргизбеге мирәт етиў тапсырылды.
Кәрханалардың жумысында жасалма интеллектти қолланыў арқалы дәраматты 20-30 процентке арттырыў ҳәм жасырын экономика факторын азайтыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул бағдарда тоқымашылық кәрханалында “ERP” системасын енгизиў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.
Мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды. Дүньяда саўда қағыйдалары тез өзгерип атырған шараятта тараўды басқарыўда айрықша қатнас жасаўға зәрүрлик туўылып атырғаны көрсетип өтилди.
Сол себепли Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилетуғын болды. Ол тоқымашылық, былғары ҳәм пилле санааты тармақларына жуўапкер болады.
Агентлик ушын өз алдына қор дүзилип, мәмлекетлик жәрдем ҳәм кәрханаларға арзан айланыс қаржы усы арқалы бериледи. Қорға 200 миллион доллар ажыратылады. Шөлкем жанында тәжирийбели исбилерменлерден ибарат кеңес те дүзиледи.
Жаңа структураға усы кеңес пенен бирге өзине түсер баҳасы, өндирис ҳәм экспорт бойынша нәтийжелиликти арттырыў, кооперацияны күшейтип, төмен қуўатлылықта ислеп атырған кәрханаларды саламатландырыў ўазыйпасы қойылды. Халықаралық мәсләҳәтшилерди тартып, тоқымашылықты 2030-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў, сондай-ақ, былғары, пилле ҳәм гилемшилик санаатын кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.
Бас министрге белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен исенимли қадағалаў орнатыў тапсырылады.
Мәжилисте тараўдағы үлгили тәжирийбелер көрип шығылды, тармақ басшылары ҳәм исбилерменлердиң пикирлери тыңланды.