Азық-аўқат экспортын көбейтиў бойынша жаӊа резерв ҳәм имканиятлар белгиленди
2025-07-31 08:55:00 / Májilisler

Мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы тараўының потенциалы жоқары. Кейинги үш жылда 250 мың гектар пахта ҳәм ғәлле жерлери қысқартылып, азық-аўқат өнимлери ушын ажыратылды. 160 мың гектар жаңа бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылды, гөнерген 107 мың гектары жаңаланды. 1 миллиард долларлық 1 мың 500 азық-аўқат жойбары иске қосылды.
Аўыл хожалығындағы реформалар халықаралық көлемде тән алынбақта. Усы айда Өзбекстан БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми – ФАО Кеңесиниң ағзалығына сайланды. Бул – миллий ҳәм регионаллық басламаларды алға қойыў, жаңа жойбарларға қаржы тартыў ушын үлкен имканият.
Өнимлеримиз тәбийғый ҳәм мазалы болғаны ушын сырт еллерде оғада қәдирленеди. Сыртқы базарларда “Өзбекстанда жетистирилген” деген бренд қәлиплескен. Әсиресе, кептирилген қәрели ҳәм ерик, шабдал, кишмиш, черешня, собықлы өнимлердиң экспорты бойынша елимиз дүньяда жоқары орынларда турады.
Усы жылдың 6 айында азық-аўқат экспорты 44 процентке өсип, 1 миллиард 326 миллион долларды қурады. Экспорт географиясы 16 мәмлекетке көбейди.
Соның менен бирге, дүньядағы жағдай қәўипли болып бармақта. Ҳаўа-райының қолайсызлыклары көбейип, әдеттеги жағдайға айланып атыр. Бундай шараятта ҳәр бир экспорт базары оғада әҳмийетли.
Бирақ ҳәмме жерде де имканиятлардан толық пайдаланылмай атыр. Мәселен, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары және Қарақалпақстан азық-аўқат өнимлери экспортының пәти бойынша басқа аймақлардан артта қалған. Наўайы ўәлаяты болса өткен жылғы көрсеткишлерге де жетпеген. 21 районда экспорт өткен жылға салыстырғанда 70 процентке де бармаған.
Ямаса, быйылғы мийўе-овощ экспортының 80 проценти тек ғана 5 мәмлекетке болған. Уллы Британия, Италия, Швеция, Япония, Ҳиндстан, Қатар сыяқлы талап жоқары мәмлекетлерге экспортымыз аз. Сырт елдеги елшихана ҳәм консуллықлардың бул бағдардағы орны сезилмей атырғаны, саўда кеңесгөйлериниң жумысы төмен екени атап өтилди.
Мәжилисте усындай кемшиликлер талланып, аўыл хожалығында нәтийжелиликти ҳәм экспортты арттырыў илажлары белгиленди. Бул экономикалық қәўипсизликтиң тийкарғы бағдары екени атап өтилди. Сол себепли ҳаўа-райы ҳәм шараятқа бейимлесип, ыссы ҳәм суўыққа, суўсызлыққа шыдамлы өнимлер жетистириўге өтиў зәрүр екенлиги айтылды.
Аймақлар кесиминдеги таллаўлар тийкарында экспорт бойынша жаңа резерв ҳәм имканиятлар көрсетип өтилди.
Тараў жуўапкерлери елеге шекем ески усылда ислеп атырғаны ақыбетинде өткен жылы мийўе-овощ экспортының 75 проценти май-октябрьге, яғный, жәҳән базары өнимге тойынған дәўирге туўра келген. Қымбатырақ сатыў ҳәм турақлы жеткерип бериў ушын болса қайта ислеўди раўажландырыў керек.
Мәселен, алдынғы исбилерменлер черешняны “шок” усылында музлатып, қыста сатыўды баслаған. Елимизде жетиспегенлиги ушын қоңсы мәмлекетлерден алып келип, реэкспортқа да шығарған. Усылардан келип шығып, атыз шетинде экспортқа жарамлы өнимлер, атап айтқанда, черешняны көбейтиў зәрүр екенлиги айтылды.
Быйыл аймақларда 16 заманагөй қадақлаў кәрханасы иске қосылды. Бирақ бул еле жетерли емес. Экспортқа кетип атырған мийўе-овощлардың тек ғана 18 проценти заманагөй қадақланбақта. Соның ушын жылдың ақырына шекем және 15 кәрхананы иске қосыў ўазыйпасы қойылды.
Ең үлкен экспорт резервлеримизден бири – собықлы өнимлер. Ҳәр жылы 450 миллион долларлық лобия, мәш, тары ҳәм ноқат экспорт етилмекте. Бирақ, жумысшы күшиниң жетиспеўшилиги себепли зүрәәттиң 30 проценти төгилип, зая болмақта, үлкен муғдарда экспорт имканияты қолдан шығарылмақта.
Раўажланған мәмлекетлерде фермерлер собықлы егинлерди арнаўлы комбайнларда жыйнайды. Сол себепли Аўыл хожалығы қорынан бундай техникаларға 15 процентке шекем субсидия бериў белгиленди. Кредит ставкасының 10 проценттен артқан бөлеги де қаплап бериледи.
Сондай-ақ, экспортшыларға тасыў қәрежетлерин қысқартыў ушын бажыхана режиминде қайта исленген өнимди қәлеген посттан экспорт етиў имканияты бериледи.
Ҳәзирги күнде жаңа бағлар жаратыў ҳәм ескилерин жаңалаў ушын 350 миллион түп зүрәәтли ҳәм экспортқа жарамлы мийўе нәллерине талап бар. 16 районда шөлкемлестирилген “Агростар” компаниялары усы мақсетке қаратылған. Олар жумысты, бәринен бурын, усыдан – туқым, нәл ҳәм төгиннен баслаўы керек екенлиги атап өтилди.
Сол себепли “Агростар” компаниялары ушын “in vitro” лабораториялары, бул районларда сақлаў, қадақлаў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеўди өз ишине алған заманагөй агрокомплекслер қурыў бойынша тапсырма берилди.
Елимизде 5 мың 100 гектар ыссыханалар болып, соңғы жети жылда оларда жетистирилетуғын өнимниң көлеми 110 мың тоннадан 546 мың тоннаға көбейген.
Бирақ исбилерменлер кредит жүгиниң аўырлығы, төгин баҳасының қымбатлығы, үзликсиз газ тәмийнатының жоқлығы себепли қыйыншылыққа ушырамақта. Атап айтқанда, 600 гектардан аслам майдандағы ыссыхана жумысын тоқтатқан, 128 гектары қарыздарлық себепли банктиң ықтыярына өткен.
Сонлықтан ыссыхана хожалықларын қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди. Енди ишки базар менен бирге экспортқа да өним жетистириў миннетлемесин алған, тәбийғый газде ислейтуғын ыссыханаларға қысқы мәўсимде газ кепилликли көлемде бериледи. Көмир ямаса басқа да альтернатив жанылғыға өткен ҳәм экспорт миннетлемесин алған ыссыханаларға да тәбийғый газге қайтыў имканияты жаратылады.
Айланыс қаржы жетерли болыўы ушын алдын ала төлем октябрь-март айларына 50 процент етип белгиленеди. Онда ыссыханалар газ кәрханалары менен 1-октябрьге шекем шәртнама дүзеди.
Көмир ямаса басқа альтернатив ысытыў системасына өткен ыссыханаларға ажыратылған кредит мүддети создырылады. Ыссылық насослары технологиясы тийкарында ыссыхана шөлкемлестиргенлерге қәрежетлериниң 20 процентке шекемги бөлеги, бул жумыслар кредит есабынан болса, кредит ставкасының 4 проценти қаплап бериледи.
Және бир жаңалық – буннан былай ыссыханалар, категориясына қарамастан, жер салығын аўыл хожалығы жерлери ставкасында төлейди. 2028-жылға шекем ыссыхана жумысшылары ушын социаллық салық ставкасы 12 проценттен 1 процентке түсириледи.
Салық комитетине ыссыханалардан қысқартылған газ қайсы тараўларға бағдарланғаны ҳәм олардың нәтийжелилигин таллаў ўазыйпасы тапсырылды. Егер ол тармақта қосымша қун аз болса, газ ыссыханаларға бағдарланады.
Экологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда, Ташкент ўәлаятындағы ыссыханалардың жумысының ҳаўаныӊ сапасына унамсыз тәсири менен байланыслы машқалаларды үзил-кесил шешиў ўазыйпасы қойылды.
Ҳәзирги ўақытқа шекем 224 мың гектарда суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилгени жақсы нәтийже берди. Буның нәтийжесинде 420 миллион куб метр суў үнемленип, қосымша 65 мың гектарда мийўе-овощ жетистириў имканияты жаратылды. Оның ушын өткен жылы 2,6 триллион сум, быйыл болса 1,2 триллион сум жумсалды.
Жылдың ақырына шекем және 10 мың гектарда тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыўды жолға қойыў, 200 мың гектарды лазерли тегислеў режелестирилген. Экономика ҳәм қаржы министрлигине бул ушын 500 миллиард сум қаржы ажыратыў, келеси жылдыӊ бағдарламасы ушын 2 триллион сум ресурс қәлиплестириў тапсырылды.
Бизге белгили, жақында атыз шетине егин егиў, кооперациялар бойынша нызамлар қабыл етилди. Сондай-ақ, Суў кодексиниң қабыл етилгени суў тамтарыслығы шараятында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул жумысларды даўам еттирип, аўыл хожалығында дәраматты арттырыў, экспортты хошаметлеў, алдынғы стандартларды енгизиў бойынша да нызамшылықты беккемлеў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Ҳүкиметке экспортшы, ыссыхана ҳәм мийўе-овощ жетистириўшилер менен турақлы байланысты жолға қойып, мәмлекетлик уйымларға байланыслы барлық машқалаларды анықлаў, оларды орнында шешип барыў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте исбилерменлердиң үлгили тәжирийбелери көрип шығылды, жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.