Наўайы ўәлаятындағы үлкен имканиятлар көрсетип өтилди
2025-08-07 19:15:00 / Májilisler

Наўайы ўәлаяты жер асты байлықлары, санааты ҳәм аўыл хожалығы бойынша үлкен потенциалға ие аймақ. Олардың негизинде соңғы сегиз жылда 8 миллиард долларлық 7 мыңнан аслам жойбар әмелге асырылып, 73 мың жумыс орны жаратылған. Исбилерменлердиң саны 10 мыңнан 30 мыңға көбейген.
Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл 12-декабрьдеги "Наўайы ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары имканиятларды және де асырды.
Усы жылдың 6 айында инвестиция көлеми 643 миллион долларға жетти, експорт 635 миллион доллардан артты. 550 миллион долларлық жаңа қуўатлықлар, 1 мың 140 саўда ҳәм сервис комплекслери иске қосылды.
Бирақ еле пайдаланылмаған дәреклер оғада көп. Мәмлекетимиз басшысы Наўайы ўәлаятында ири санаат тармақларынан тысқары жайлаўларды өзлестириў, шарўашылықты раўажландырыў, хызмет түрлерин көбейтиў бойынша имканиятлар шексиз екенин атап өтти.
Атап айтқанда, мәмлекетимиздеги қазылма байлықлардың 20 проценти, жайлаўлардың 43 проценти усы аймақта жайласқан. Ири кәрханалар ҳәм қолайлы инфраструктура көплеген түрлес тармақларда талап жаратқан.
Орынлардағы имканиятларды жүзеге шығарыў ушын Наўайы ўәлаятында да "Реформалар штабы" дүзилди. Мәжилисте исбилерменлердиң усыныслары тийкарында ислеп шығылған жаңа жойбарлар таныстырылды.
Соның ишинде, Ғазған қаласы, Нурата, Хатирчи, Нәўбәҳәр ҳәм Учқудуқ районларындағы 8 кәнге инвесторлар 566 миллион доллар инвестиция киргизиўге таяр екенин билдирген. Буның нәтийжесинде санаат көлеми 2,5 триллион сумға, експорт 100 миллион долларға көбееди.
Мәселен, Нурата районында 750 миллион куб метр гранит тасларының резерви бар. Оны қайта ислеў ушын 50 гектар майданда санаат зонасын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Усы райондағы 10 мәҳәлледе 5 мыңнан аслам ҳаял-қыз кестешилик пенен шуғылланып, дәрамат таппақта. Енди оны кеңейтип, 28 мәҳәлледе Кесте тигиўшилик орайларын ашыў режелестирилген.
Жәрдемге мүтәж шаңарақларды қуяш панельлери ҳәм көшпели саўда дүканлары менен тәмийинлеп, кәмбағаллықтан шығарыў нәзерде тутылған.
Ўәлаяттағы 3 миллион гектар жайлаў аўыл хожалығы ушын үлкен имканият. Мәселен, қызылтепелик исбилермен мың гектар жайлаўда жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў технологиясын қолланып, експортқа қолайлы егинлер жетистирмекте. Енди шарўашылықты жолға қойып, сүтти қайта ислеў басламасын билдирген.
Улыўма, ўәлаятта 1 миллиард 600 миллион долларлық қосымша жойбарлар қәлиплестирилген. Олардың нәтийжесинде және 10 мың жумыс орны, бюджетке 1 триллион сум түсим ҳәм 238 миллион долларлық експорт имканияты пайда болады.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарлардың экономикалық нәтийжелилигин арттырыў бойынша тапсырмалар берди.
Ири ҳәм киши кәрханалар арасында кооперация жоқ екенлиги көрсетип өтилди. Исбилерменлерди кәрханаларға байланыстырып, кепилликли буйыртпаны жолға қойып, киши бизнестиң ўәлаяттағы үлесин арттырыў ўазыйпасы қойылды.
Жайлаўларға суў шығарыўға жәрдемлесип, олардан нәтийжели пайдаланыў, азық-аўқат өнимлерин көбейтиў зәрүрлиги.
Жайлаўларға суў шығарыўға жәрдемлесип, олардан нәтийжели пайдаланыў, азық-аўқат өнимлерин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Наўайы ўәлаятында орташа мийнет ҳақы басқа аймақларға салыстырғанда 1,5 есеге жоқары екени саўда ҳәм сервиске талап та, усынысты да хошаметлейди. Соған мүнәсип, дем алыў бағлары ҳәм дем алыў орынларын шөлкемлестириў, туристлерди көбейтиў, хызметлер көлемин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.