Олимпиада қалашасы қурып питкерилди
2025-08-18 18:45:00 / Jańalıqlar

Оның қурылысына 2022-жыл 9-ноябрьде тырнақ тасы қойылған еди. Сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы Олимпиада қалашасы халқымыздың жоқары дөретиўшилик потенциалы ҳәм өзбек спортының үлкен жетискенликлериниң символына айланатуғынын, архитектуралық жақтан жетик, энергияны үнемлейтуғын ҳәм ең алдынғы инновациялық шешимлерди жәмлеген заманагөй комплекс болатуғынын атап өткен еди.
Атап өткениндей – қысқа ўақыт ишинде 100 гектардан аслам майданда саўлатлы комплекс бой тикледи. Дерлик 290 миллион долларлық бул бийбаҳа жойбар “CAMC Engineering” компаниясы тәрепинен халықаралық талапларға муўапық әмелге асырылды.
Қалашада 5 тийкарғы спорт комплекси жайласқан.
Атап айтқанда, Велодром қурамалы инженерлик шешимлер тийкарында, өзине тән дизайнда қурылған. Оның ағаш қапламасының сапасы, траекториясы ҳәм бурылыў мүйешлери Халықаралық Олимпиада комитетиниң талапларына жуўап береди. Соның ишинде, жол ең беккем тереклерден исленген, қабатпа-қабат жатқарылған. Бул сапа турақлы сақланыўы ушын велодромда жыл даўамында бир түрдеги температура тәмийинленеди. Ҳәттеки велоспортшыларға ҳаўа қарсылығына шекем есапқа алынған.
Трекке жақтылық бирдей ҳәм теңдей дәрежеде түседи. Бул спортшыларға қолайлы болыўы менен бирге, тамаша ҳәм телевидение трансляциясы нормаларына да сәйкес келеди. Орынлықлар 2 мың 200 адамға мөлшерленген. Халықаралық Олимпиада комитетиниң жаңа талабы бойынша тамаша орынларына қорғаныў тосығы орнатылған.
Сондай-ақ, комплекс көп функциялы болып, бул жерде стол тенниси, қылышласыў бойынша жарыслар ҳәм шынығыўлар өткериў де мүмкин. Бундай дәрежедеги велодром Өзбекстанда бириншиси.
Жуўапкерлерге аймақларда шараят жаратып, велоспортты раўажландырыў бойынша бағдарлама таярлаў ўазыйпасы қойылды.
Президентимиз стол тенниси ҳәммеге қолайлы, арзан спорт екенин атап өтип, ҳәр бир мектеп ҳәм мәҳәлледе оны ғалаба ен жайдырыў, әсбап-үскенелерин ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берилди.
Қалашаның орайында 12 мың орынлық стадион жайласқан. Халықаралық турнирлер ўақтында бул жерде салтанатлы мәресимлер шөлкемлестириледи. Тийкарғысы, жасыл майдан ҳәм 9 қатарлы жуўырыў жолында жеңил атлетиканың 48 бағдары бойынша жарыслар өткериледи. Соның ишинде, жәҳән чемпионаты, Бриллиант лигасы, параатлетика беллесиўлери, көзи әззилер арасында IBSA ойынларын шөлкемлестириў мүмкин. Басқа ўақытларда стадионнан жергиликли оқыў-жыйынлары, әмелий шынығыўлар арқалы дуал билимлендириўде пайдаланылады.
Стадиондағы төрт қабатлы имаратта сайланды командалардың қәнигелери ҳәм спорт федерациялары жумыс алып барады.
Жеңил атлетика ҳәм пара спорт түрлери халықтың саламатлығын беккемлеўде жүдә нәтийжели. Олимпиада ҳәм Азия ойынларында олар бойынша бағдарлама да кең. Бирақ елимизде бул имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны көрсетип өтилди.
Сонлықтан жеңил атлетиканың барлық бағдарларын раўажландырыў бойынша тапсырма берилди. Оған бола, ўәлаятлардағы стадионлар реконструкцияланып, жеңил атлетика ушын шараятлар жақсыланады, сырт елден тренерлер алып келинеди, спортшылардың шеберлигин арттырыў мақсет етип қойылады.
Үлкен суў спорты сарайы да заманагөй ҳәм қолайлы. Онда 25х50 метрлик жүзиў ҳәм 25х20 метрлик суўға секириў бассейнлери, шынығыўлар ушын бассейн ҳәм тренажёр заллары бар. Барлық шараятлар ҳәм өлшемлер халықаралық олимпиада стандартының талапларына жуўап береди.
Жақында “World Aquatics” федерациясы делегациясы комплексти көзден өткерди ҳәм буны тастыйықлады. Яғный, бул жерде жүзиў, суўға секириў, синхрон жүзиў, суў полосы бойынша континент ҳәм жәҳән чемпионатлары, Олимпиада бағдарламасындағы абырайлы жарысларды шөлкемлестириў имканияты бар. Оларды 2 мыңнан аслам ықласбентлер тамаша етиўи мүмкин.
Мәмлекетимиз басшысы суў спорт түрлерин раўажландырыў, халықаралық турнирлерде нәтийжелерди жақсылаў бойынша өз пикирлерин билдирди.
Командалық ҳәм жеке гүрес спорт түрлери комплекслери де халықаралық талаплар дәрежесинде қурылған. Олардың ҳәр бири үш қабатлы, 2 мың орынлық. Соның ишинде, бириншисинде волейбол, баскетбол ҳәм гандбол бойынша шынығыўлар ҳәм халықаралық жарысларды өткериў мүмкин. Жеке гүреслер комплекси дзюдо, бокс, таэквондо сыяқлы спорт түрлерин раўажландырыўға тийкар болады.
Президентимиз усы жерде спортшылар менен сәўбетлести.
– Халықаралық жарысларда байрағымызды бәлент көтерип, мәмлекетимиздиң раўажланыўын көрсетип атырсыз. Сизиң ҳәр бир жетискенлигиңиз халқымыз ушын үлкен мақтаныш, жасларымызға ғайрат, күш-жигер. Бул ҳәрекетлерди даўам еттирип, балаларды изинизден ертип, спортымызды және де раўажландырыўыңызды тилеймиз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Олимпиада қалашасында футбол, волейбол, теннис, шөп үстинде хоккей, жеңил атлетика сыяқлы 15 ашық майдан да қурылды.
Буннан тысқары, 400 орынлық паралимпия жатақханасы, спорт медицинасы илимий-әмелий орайының қурылысы жуўмақлаўшы басқышта.
Қалашадағы барлық имаратлар энергияны үнемлейди. Автомобиль туратуғын орынлардың үстинде қуяш панеллери орнатылады.